Кто на самом деле Акылбек Муратов? 18:56 31.01.2024
Ақылбек Муратов негизинде ким?
Сонғы уақытларда Қазақстаннын Алма-ата қаласындағы қарақалпақ диоспералари белсендиси, хақияқатында Ɵзбекистан Республикаси Науайы ўалаятыннан болған Ақылбек Муратов социал тармақларда өзин қарақалпақлар маплерин қорғап киятырған шахс сыпатында көрсетип, ҳар турли машқалалы маселелерди көтерип киятырғанын көриуимиз мумкин.
Қулласы Ақылбек Муратов Қазақстанда 2010 жылдын басларында көшип кеткен болып, 2013-2014 жыллардан баслап Алма-ата қаласында қарақалпақ диоспераси үакиллерин бирлестирип, "Наурыз" байрамы ҳамде Қарақалпақстаннын мамлекетлик нышанларыныӊ қабыл етилген күнлери мунасабети менен турли мадений тадбирлер өткизип, бул туўрысында социал тармақларда үзиликсиз шығып келмекте.
Ақылбек Муратов 10 жылдан артық ўақыт дауамында Қазақстан Республикасында жасап кыятырған болсада, белгисиз себеблерге байланыслы сол мамлекет пуқаралығын алмаған ҳамде қарақалпақ диоспераси ўакиллери арасында жузеге келип атырған машқалаларды шешип бериу банеси менен Ɵзбекистанныӊ Алма-ата қаласындағы консулхана хизметкерлери менен жақын мунасабет орнатқан. Еӊ кызығы, Ақылбек Муратов өзиниӊ социал тармақларындағы шығыуларында консулхана хизметкерлари менен байланысын жасырмастан айтып келеди.
Енди табиий сорау туўылады, Ақылбек Муратов негизинде кимлердиӊ маплерин қорғап келмекте? Қарақалпақ диосперасы ўакиллериниӊ бе? яки Ɵзбекистан хукиметиниӊбе?
Не ушын усы сораудыӊ туўылыуғанын тусиндирип беремен! 2022 жыл июль айында Қарақалпақстанда жузеге келген тартипсизликлерден кейин ҳам одан алдын ҳам Ɵзбекистанныӊ хуқық қоргау уйымлары тарепинен Қазақстанда ҳамде баска шет ел мамлекетлеринде жасап киятырған қарақалпақ диоспераси ўакиллери ушын сепаратизм идеясын қоллап киятырғанлығын бане қылған халда олар бойынша жинаят исилери қозғатылған.
Сондай ақ, Ақылбек Муратов пенен бир ватарда Ɵзбекистан Республикаси конституциясиныӊ Қарақалпақстан менен байланыслы тарепин өзгертиусиз қалдырыуды талап қылып шыққан қарақалпақ диоспераси белсендилери Тоермуратов Қошқарбай, Жақсимбетов Жангелди, Худайбергенова Райса, Мирманбетова Зиуарлар бойынша Қазақстаннын тергеу қамақханаларында бир жыл дауамында услап турыўларына себеб болды.
Таӊ каларлысы, Қазақстанныӊ Манғыстау уалаяты, Ақтау қаласыдағы "Аллаяр жолы" қарақалпақ этно-мадений орайы баслығы, Қазақстан пуқарасы Ниетбай Уразбаевқа байланыслы Ɵзбекистанныӊ хуқық қорғау уйымлары тарепинен жинаят иси қозғатылып, 12 жылға еркинен айырыу бойынша сырттан суд хукими шығарылыуы менен бирге, ол Қазақстан пуқаралығыдан айырылды. Усындай басымлардан кейин, 2024 жылдыӊ 9 январь куни Ниетбай Уразбаев журек ауырыуы себепли қайтыс болды.
Еӊ кызығы сонда Ақылбек Муратов жоқарыдағы қарақалпақ белсендилерине қарсы откезилкен басымларды социал тармақлар арқалы жайластырып, озин олардыӊ маплерин қорғап атырған шахс сыпатында корсетип, турли шет ел мамлекетлик емес шолкемлер ҳам халыкарлық журналистлерге интервьюлар берип келмекте.
Ақылбек Муратов туўрысында шет еллердеги қарақалпақ диоспераси белсендилериниӊ айрымларыныӊ пикирин билиу нийетинде болған, "Алга Қарақалпақстан" ҳарекетиниӊ жетекшиси Аман Сагидуллаевтыӊ Акылбек Муратов пенен "YouTube" видеохостингинде откизилген бир неше онлайн видеоконференцияларды корип алыуларыӊыз мумкин.
Акылбек Муратов социал тармақлар арқалы ашықшасына сепаратистик идеяларды қоллап қууатлап, Қарақалпақстанда болып откен наразылықлардыӊ тийкарғы себебшиси Ɵзбекистан хукимети екенлигин, сондай-ақ, Қазақстандағы ҳам шет елдеги сепаратистлердын ҳарекетин қоллап қууатлаған халда бириншилерден болып социал тармақларда коринислер қылып келиуи бақланбақда.
Бирак, не ушын басқа қарақалпақ сепаратистлерниӊ харекетин билетура олар бойынша жынаят ислерин козгатылып, олардын изине тусип келген Ɵзбекистанныӊ ҳуқық қорғау уйымлары ҳазирги кунге шекем Акылбек Муратов бойынша хеш кандай шара кормей атыр?
Усы жағдайды жасырыу мақсетинде Акылбек Муратов билетура, Ɵзбекистанныӊ ҳуқық қорғау уйымлары тарепинен оныӊ Науайы ўалаятындағы жақын туўысқанлары ҳамде Ɵзбекистанныӊ Алма-ата консуллық мекемеси хизметкерлери тарепинен ози бойынша басым откизип атырғанлығынан тийкарсыз ҳам далилерсиз бир неше шығыулар кылды. Бул мақаладан соӊ ҳам Муратов озин ақлау мақсетинде бир неше марте шығыулар қылады ҳам биз оныӊ усы шығыуларын интизарлык пенен кутип қаламыз.
Жоқарыдағы ҳамме пикирлерди жамлеген ҳалда қарақалпақ белсендилери ҳақыйқатында да Акылбек Муратов негизинде ким енеклигин ҳам кимлердиӊ маплерин қорғап киятырғанлығы туўрысында тереӊирек ойлап кориу зарур деп есаплайман.
Иван Петров, независимый журналист
|